Оған, район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Т.Қаллықылычова, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлиминиң баслығы Ғ.Қурбанов, тийисли қәнигелер қатнасты.
Атап өтилгениндей, районда жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында бир қатар илажлар алып барылмақта. Соның ишинде, дийқаншылық етип, өзин-өзи бәнт етиўи арқалы қосымша дәрамат табыўы ушын пуқараларға қыйтақ жер, өз исбилерменлик жумысын баслаўы ушын субсидия ҳәм кредитлер ажыратылмақта. “EKOTEKS” кәрханасында да ҳаял-қызлар ушын бос жумыс орынлары бар. Ислеймен дегенге, барлық мүмкиншиликлер жаратылады.
Ярмарка даўамында қатнасыўшыларға “ЕКОТЕКС” кәрханасының жумыслары, жумысшылар ушын жаратылған қолайлықлар ҳәм кәрханадағы бос жумыс орынлары ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Нәтийжеде 5 ҳаял-қызға жумысқа орналасыўға жоллама берилди. Сондай-ақ, 10 пуқараға өзин-өзи бәнт етиў бойынша ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.