Ыссы суў есаплағышларын дәўирлик салыстырыўдан өткериў тәмийнатшы кәрханаларға жүкленди. Бул ҳаққында Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Енди тутыныўшылар ыссы суў есаплағышларын салыстырыў ушын мүрәжат етиўи шәрт емес.
Есаплағышларды дәўирли түрде салыстырыў ўәкилликли уйымлар тәрепинен (проактив түрде) әмелге асырылады.
Бул өзгерис Министрлер Кабинетиниң 847-санлы қарары (12.12.2024) тийкарында енгизилди.
Проактив мәмлекетлик хызметлерде мүрәжат талап етилмейди, есаплағышлар автомат тәризде салыстырыўдан өткериледи.