Сөйлесиўде тәреплер Россия Федерациясының жетекши илим ҳәм билимлендириў мәкемеси РХХМБА тийкарында республикалық мәмлекетлик уйымлардың 150 ўәкили ушын қәнигелигин арттырыў курсларын шөлкемлестириў бойынша алып барылған дәслепки жумыслардың нәтийжелерин додалады.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясында мәмлекетимизде кадрлар резервин қәлиплестириў ҳәм таярлаў бойынша комплексли ўазыйпалар белгиленгени атап өтилди. Өзбекстан миллий экономикасын раўажландырыўдағы әҳмийетли машқалаларды шешиў ушын зәрүр болған бағдарлар бойынша кадрлар таярлаў мақсетинде модуллер темалары бойынша тийисли усыныслар киргизилди.
Ушырасыў шеңберинде Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм Россия Федерациясы Президенти жанындағы Россия халық хожалығы ҳәм мәмлекетлик басқарыў академиясы арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.
Илаж жуўмақлары бойынша тәреплер Меморандумның табыслы әмелге асырылыўына исеним билдирди. Бул өз гезегинде мәмлекетлик уйымларды кадрлар менен тәмийинлеўдиң сапасын арттырыўға хызмет етеди. Академикалық, илимий ҳәм мәдений алмасыўлар және билимлендириў ҳәм мәдений бағдарламаларды әмелге асырыў тараўында Өзбекстан-Россия бирге ислесиўиниң және де тереңлесип барыўына исеним билдирилди.