Атап айтқанда, турмыслық зәрүр қәрежетлерди қаржыландырыў ушын бюджет түсимлери қанша зәрүр болмасын, тийкарғы салықлар бойынша ставкалар өзгермейди.

Сондай-ақ, жер яки мәмлекетлик мүлк ҚҚСсыз сатылады, мобиль байланыс ушын акциз салығы (10 процент) бийкар етиледи.

Қала шегарасындағы аўыллық жерлерге 2 есе жер салығын есаплаў тоқтатылады. Баспа кәрханалары пайда салығын төлеўден 5 жылға азат етиледи.

Буннан тысқары, IT-park резидентлерине барлық түрдеги салықларды төлеўден азат етиў бойынша салық жеңилликлери 2040-жылға шекем созылады.

Жеке меншик мектеп ҳәм бақшалар, сырт елли оқыўшылар ҳәм қәнигелер ушын берилген барлық салық жеңилликлери 2030-жылға шекем әмел етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.