Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов ҳәм IT Парк хызметлер экспортын раўажландырыў директоры Маҳлиё Муксинова басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Японияға хызмет сапары менен барды.
Сапар етиўден гөзленген мақсет - IT-аутсорсинг, технологиялар ҳәм санлы билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў, сондай-ақ, Токиода IT Парктиң рәсмий ўәкилханасын ашыўдан ибарат.
Сапар етиўдиң ең әҳмийетли бөлеги 13-май күни Токиодағы Акихабара қаласында - технологиялық ҳәм дөретиўшилик санаат орайында IT Парк Өзбекстанның Япониядағы ўәкилханасының рәсмий ашылыўы болды.
Мәресимде Өзбекстан Республикасының Япониядағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Муҳсин Абдураҳмонов, Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов, Хызметлер экспортын раўажландырыў директоры Маҳлиё Муксинова ҳәм "Digital Knowledge" директорлар кеңесиниң баслығы Хироаки Хага қатнасты. Атап өтилиўинше, жаңа офис япон бизнеси менен тиккелей байланыс орнатыў ноқатына айланады ҳәм аутсорсинг, инвестициялар және IT-билимлендириў тараўындағы жойбарларды раўажландырыўға үлес қосады.
Илаж шеңберинде IT Парк ҳәм "Digital Knowledge" арасында қоспа басламаларды әмелге асырыў, япон компанияларын Өзбекстан базарына тартыў ҳәм билимлендириў бағдарламаларын раўажландырыў бойынша бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
Мағлыўмат ушын, "Digital Knowledge" 2007-жылы шөлкемлестирилген. Шөлкем жумысының тийкарғы бағдарлары IT-хызметлер, IT-билимлендириў ҳәм компанияларды IT-қәнигелер менен тәмийинлеўден ибарат. "Digital Knowledge" Өзбекстандағы "Japan Digital University" тийкарын салыўшысы болып, ҳәзирги ўақытта ол жерде 620 студент билим алмақта. Олар тек ғана IT бағдарларын өзлестирип қоймастан, соның менен бирге япон тилин де үйренип атыр.
Илаж жуўмағында, Өзбекстан ҳәм Япония IT-компаниялары арасындағы бирге ислесиў перспективалары додаланды. Япониялы қатнасыўшылардың жоқары қызығыўшылығы Өзбекстанның Орайлық Азияда технологиялық раўажланыўдың жаңа орайы сыпатындағы стратегиялық әҳмийетин тастыйықлады.