Атап өтилиўинше, Миграция агентлиги басшысы Беҳзод Мусаев ҳәм Италияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Piergabriele Papadia de Bottini арасында ушырасыў болып өтти.
Сөйлесиўде, Италия Бас министри Giorgia Meloni ханымның усы жыл 29-майдағы мәмлекетимизге рәсмий сапары шеңберинде қол қойылған - Миграция ҳәм мобиллик ҳаққындағы Түсинисиў меморандумының орынланыўы ҳәм әмелиятқа енгизиў мәселеси көрип шығылды.
- Қол қойылған Түсинисиў меморандумы - тарийхый ҳүжжет, оның үстинде оғада көп исленди, келисимди тезирек турмысқа енгизиў тәрепдарыман. Миграция әҳмиетли бағдар есапланады, Өзбекстан болса бул тараўдағы бай тәжирийбеси менен Орайлық Азиядағы шериклер ушын үлги бола алады, - деди Италияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Piergabriele Papadia de Bottini.
Сондай-ақ, Италияда инженерлик, туризм ҳәм аўыл хожалығы сыяқлы тараўларда маман қәнигелерге талап жоқары екени атап өтилди. Италия тәрепи 2026-жылдан баслап, өзбекстанлыларға 1500 бос жумыс орны ушын квота ажыратылғанын мәлим етти.