Италия Бас министри Жоржа Мелони Өзбекстанға келеди

    Италия бас министри Жоржа Мелони усы жылдың 28−29-май күнлери Өзбекстанға келеди.

    Бул ҳаққында Италия ҳүкимети сайтында мәлим етилди.

    Сөйлесиўлер ҳәм ушырасыўлар Самарқанд қаласында болып өтеди.

    Сапар етиў бир ай алдын әмелге асырылыўы керек еди, бирақ ол Рим папасы Францисктиң өлими себепли кейинге қалдырылған еди.