Италиялы инвесторлар Нөкис районында болды

    16 мамыр 2025 234

    Сырт ел инвесторларын тартыў арқалы экономикалық байланысларды беккемлеў ҳәм раўажландырыў, мәмлекетимиздиң баслы реформаларының бири. Сонлықтан да бул бағдарда орынларда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

    Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов Италия мәмлекетиниң «MG Tanneru» инжиниринг компаниясы ўәкиллерин қабыллады.

    Ушырасыў барысында сырт елден келген инвесторлар менен Нөкис районы аймағында тери ҳәм былғары аяқ кийим өнимлериниң үскенлерин ислеп шығарыў, аўысық бөлеклерди жеткерип ҳәм және бир қатар бағдарларда бирге ислесиў перспективалары додаланды.

    Сөйлесиўлер даўамында район ҳәкими З.Зайтов районда санаат ислеп шығарыў жумысларын кеңейтиў ҳәм қайта ислеў кәрханаларының жумысларын жолға қойыў, ең баслысы, жаңа жойбарлардың иске түсирилиўи нәтийжесинде жумыс орынларын жаратыўға қаратылған ҳәр қандай басламаларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин билдирди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates