Ийгиликли басламалар жыл бойы даўам етеди

    Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен әмелге асырылып атырған социаллық басламалар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Реймов өзи сайланған аймақ Нөкис қаласындағы Ақ отаў, Туңғыш қоныс ҳәм Жуўазшы мәкан пуқаралар жыйынларында социаллық жәрдемге мүтәж ҳәм майыплығы болған пуқаралар менен сәўбетлесип, олардың пикир-усынысларын тыңлады.

    Байрам мүнәсибети менен оларға азық-аўқат өнимлерин тапсырылды. Мәҳәллелерде жасаўшы социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳәм жалғыз баслы кекселер депутат пенен сәўбетлесип, пикир-усынысларын билдирди ҳәм көрсетилип атырған усындай итибар ушын Президентимизге ҳәм республикамыз басшыларына өзлериниң миннетдаршылығын билдирди.

    – Кекселердиң пикир-усынысларын тыңлаў оларға итибар ҳәм меҳир көрсетиў – бизиң тийкарғы ўазыйпамыз. Ҳәр бир пуқараға жәрдем бериў, олардың турмыс шараятын жақсылаў ушын бар имканиятларымызды жумсаймыз,-дейди депутат А.Реймов. – Бундай ийгиликли ислер тек ғана байрам күнлери емес, ал жыл даўамында даўам еттирилиўи режелестирилген.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.