Израиль Иранға алдын ала соққы берди.
Бул ҳаққында Израиль қорғаныў министри Израэль Кас мәлим етти, деп жазады Report Times of Israel хабарына тийкарланып.
Оның сөзлерине бола, "пүткил мәмлекет аймағында жедел түрде айрықша жағдай" жәрияланды.
"Израиль мәмлекети Израиль мәмлекетине қәўиплерди сапластырыў мақсетинде Иранға алдын ала соққы берди", дейди ол.
Соның менен бирге, пүткил Израиль аймағы бойлап сиреналар жаңламақта, Израиль қорғаныў армиясының тыл сәркардалығы болса тыныш халыққа бомбапаналарға жақын болыў кереклигин ескертпекте.