Жаңа ассоциацияның дәслепки форумы

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 21-июнь күнги «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў шөлкемлери хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарында көрсетилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында «Устазлар ассоциациясы» дүзилди.

    Ассоциация тийкарғы мақсети – кәсиплик раўажландырыўдың жаңа жолларын излеў бағдарында муғаллимлердиң бир-бири менен тәжирийбе алмасыўын жолға қойыў есапланады.

    2024-жыл 15-декабрь күни Педагогикалық шеберлик орайында ассоциацияның «Жаңа шеклер – билимлендириўде излениўшилик ҳәм дөретиўшилик» атамасындағы дәслепки форумы болып өтти.

    Форумды шөлкемлестириўдеги мақсет, педагогикалық тәжирийбелери менен бөлисиў ушын бирден-бир мәканды қәлиплестириў, интеллектуаллық потенциалды раўажландырыў ҳәм жас педагогларды тәлим-тәрбияның жаңа түрлерин излеўге хошаметлеў болып табылады.

    Атап өтилгениндей, ҳәр бир раўажланған мәмлекет сыяқлы Өзбекстан да өзиниң раўажланыўын билимлендириўге тийкарланып қурмақта. Бул тараўда терең реформалар, көлемли бағдарламалар әмелге асырылмақта. Онда ең әҳмийетли буўын, жаслар сиясатының тырнағы – басланғыш ҳәм улыўма билимлендириў болып есапланады.

    – «Устазлар ассоциациясы» форумының тийкарғы ўазыйпасы Президент ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң алдыңғы тәжирийбелерин улыўма орта билим бериў мәкемелерине енгизиўден ибарат,-дейди орай директоры В.Бекмуратова.

    Сондай-ақ, билимлендириў системасының әҳмийетли мәселелерине белсенди қәнигелерди тартыў, жас педагоглар ассоциациясының 2024-2025-оқыў жылындағы перспективалы ўазыйпаларын белгилеп алыў, педагогикалық шеберликти толық көрсетиў ҳәм раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў, «BLUA» миллий жойбары шеңбериндеги регионаллық стратегияларды додалаў, муғаллимлерге өз-ара тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, “Устаз -шәкирт” системасында бирге ислесиў мүмкиншилигин жаратып бериў ўазыйпалары белгиленген.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.