Наўрыз байрамы алдында жаңа объекттиң ашылыў салтанаты өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Мурат Атамуратов, район ҳәкими Жамбул Адиловлар илаж қатнасыўшыларын Наўрыз байрамы ҳәм жаңа имаратлардың ашылыўы менен қутлықлап, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға итибары ҳәм ғамқорлығының арқасында көплеген ийгиликли ислердиң әмелге асып атырғанлығына айрықша тоқтап өтип, бул жаңа хызмет көрсетиў орынларының жумыслары табыслы болыўына тилеклеслик билдирди.
Соны айтып өтиў орынлы, заманагөй көринистеги дерлик күни-түни халыққа хызмет көрсетиўши гастрономиялық көшени бүгингидей абадан көриниске келтириў ушын 2 млрд. сум қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары алып барылды.
Ҳәзирги ўақытта бул жерде жәми 23 саўда ҳәм хызмет көрсетиў орынлары, соннан 10 азық-аўқат өнимлерин сатыў орны, 3 гөззаллық салоны ҳәм шаштәрезхана, 2 гөш өнимлерин сатыў орны, 2 аўқатланыў орны ҳәм 6 басқа бағдарлар бойынша хызмет көрсетиў орынлары шөлкемлестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.