Жаңа жылға жақсы саўға болды

    Шоманай районында социаллық жәрдемге мүтәж пуқаралардың үйлерин шиферлаў бойынша жумыслар даўам етпекте.

    Райондағы Қарабайлы мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасайтуғын Бабажан Аметов көп жыллардан берли жайының төбесин шиферлаўға имканияты болмай атыр еди.

    Ҳәзирги ўақытта Б.Аметовтың үйи тиккелей Президентимиздиң басламасы менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы «Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыслық шараятларды жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында шиферлап берилмекте. Буны биз Жаңа жыл байрамына саўға, десек те болады.

    Қарар тийкарында Шоманай районында 974 турақ жайдың төбесин шиферлап бериў режелестирилген болып, Хорезм ўәлаятының қәўендерлигинде 349 турақ жайда, соннан 329 жайдың төбеси шиферлап берилип, ал 20 турақ жай жаңадан қурып берилди. Жергиликли бюджет қаржылары есабынан 625 турақ жай киргизилген болып, соннан 599 турақ жайдың төбеси шиферлап берилип, 26 турақ жай қайта қурып бериледи.

    Бүгинги күнде жергиликли бюджет есабынан шиферлаў жумыслары даўам етпекте.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.