Усы мақсетте орайдың социал-экономикалық пәнлер методикасы кафедрасы профессор-оқытыўшылары тәрепинен Шымбай районындағы улыўма билим бериў мәкемелериниң муғаллимлери ушын “Жаңа методикалар билимлендириўдиң сапасын арттырыўдың әҳмийетли факторы” атамасында қысқа мүддетли көшпели курс шөлкемлестирилди.
Көшпели курс әмелий-семинар тәризинде өткерилди.
Курстың мақсети – оқыў-тәрбия процесин инновациялық көзқараслар менен байытыў, муғаллимлердиң кәсиплик потенциалын арттырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасын жаңа басқышқа алып шығыўдан ибарат.
Курс даўамында классты басқарыў ҳәм оқыўшылар менен унамлы қатнасық орнатыў, сораўлар бериў ҳәм сын пикирлеў көнликпелерин раўажландырыў, жойбарға тийкарланған билимлендириў, оқыўшылардың билим, көнликпе ҳәм уқыплылықларын баҳалаўда заманагөй қатнас, сабақты режелестириў ҳәм мақсетлерин дурыс қойыў темалары үйренилди.
Қатнасыўшылар заманагөй педагогикалық технологиялар, Кембридж оқытыў системасына тийкарланған инновациялық методларды әмелиятқа енгизиў бойынша билим ҳәм көнликпелерин беккемлеў имканиятына ийе болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.