Жаңа стадиондағы дәслепки бириншилик

    Жақында ғана капитал реконструкция жумыслары жүргизилип пайдаланыўға тапсырылған Хожели районының орайлық стадионында футбол бойынша 2008-жылда туўылған (U-17) қызлар арасында Қарақалпакстан Республикасы чемпионаты болып ѳтти.

    Жарыста Нөкис қаласы ҳәм барлық районлардан командалар қатнасып, чемпионлық ушын өз-ара кескин гүрес алып барды. Кескин өткен ойынлар соңында Нөкис районы командасы биринши орынды жеңип алыўға миясар болды.

    Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар болса, Хожели ҳәм Қанлыкөл районы қызларына несип етти.

    Жарыс жуўмағында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы кубок ҳәм дипломлар сыйлықланды.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates