Илажда экология тараўы белсендилери, нураныйлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, жыйналғанларды күнделикли турмыслық шығындыларды қайта ислеў бағдарында әҳмийетли орын тутатуғын жаңа завод қурылысының ирге тасы қойылыўы мүнәсибети менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, қытайлы инвесторлар тәрепинен шығындыны жағыў арқалы электр энергиясын ислеп шығарыўға қаратылған, шығындыларды қайта ислеў бағдарында әҳмийетли жойбарлардың бири болған бул заводты 80 млн. доллар қаржылар есабынан иске түсириў арқалы жылына 274 мың тонна қатты турмыслық шығындылар қайта исленеди. Буннан тысқары, 80 мың Мегаватт/саат электр энергиясын ислеп шығарыў жолға қойылады.

Сондай-ақ, усындай илажлар алып барылыўы нәтийжесинде республикамызда дәслепки мәрте шығындыларды жыйнаў, зыянсызландырыў, қайта ислеў ҳәм оларды утилизациялаў бағдарында арнаўлы экосанаат зонасы шөлкемлестириледи.

Әлбетте, экологиялық орталықты жақсылаў, турмыслық шығындылар ҳәм өндирис шығындыларының әтирапқа унамсыз тәсирин кемейтиў бағдарындағы бундай жойбарлар халқымыз ийгилиги жолында узақ жыллар даўамында хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.