«Жадидлер изинен» таңлаўы болып өтти

    Улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында уллы жадид илимпаз, жазыўшы ҳәм ойшылларымыздың бай әдебий мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаў, өсип киятырған жас әўладлардың руўхый дүньясын байытыў мақсетинде «Жадидлер изинен» республикалық таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

    Оған республикамыздың барлық аймақларынан усы таңлаўдың қалалық ҳәм районлық басқышларында жеңимпаз болған оқыўшылар қатнасып, белгиленген шәртлер бойынша өз-ара беллести.

    Оқыўшылардың ақыл-ойы, зейини ҳәм дөретиўшилик қәбилетлери сыннан өткен таңлаў жуўмағында, 6-7-8-класс оқыўшылары арасында, биринши орынды Беруний районындағы 42-санлы мектептиң оқыўшысы Наргиза Абдукаримова ийелеўге миясар болды.

    Таңлаўдың сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлары Қанлыкөл районындағы 8-санлы мектеп оқыўшысы Мырзабек Жуманов ҳәм Әмиўдәрья районындағы 39-санлы мектеп оқыўшысы Диличехра Ешбаеваларға несип етти.

    9-10-класс оқыўшылар арасында болса, Елликқала районындағы 70-санлы мектептиң оқыўшысы Саҳиба Каримбаева таңлаўдың барлық шәртлеринде жоқары балл топлап, биринши орынды жеңип алды.

    Нөкис районындағы 22-санлы мектептиң оқыўшысы Гөззал Дошбаева ҳәм Хожели районындағы 22-санлы мектептиң оқыўшысы Асемай Артықбаевалар болса, екинши ҳәм үшинши орынларға ылайық деп табылды.

    Таңлаў соңында жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates