Жәҳән банки тәрепинен мәмлекетлердиң статистикалық потенциалын үйрениў ҳәм баҳалап барыў мақсетинде жаңаланған методика тийкарында ислеп шығылған " Статистика жумысы нәтийжелилиги индекси " (Statistical Performance Indicators — SPI)ның 2023-жылғы нәтийжелери кең жәмийетшиликке жәрияланды.
Оған бола, Өзбекстан усы халықаралық рейтингте 80,3 балл топлап, дүньяның 217 мәмлекети арасында 62-орынды ийеледи. Өзбекстан ҒМДА мәмлекетлери арасында 4-орынға көтерилген.
Мағлыўмат ушын: 2022-жыл нәтийжелерине бола, Өзбекстан усы халықаралық рейтингте 74,1 балл топлап 79-орынды иелеген.
Бул индекс мәмлекеттиң статистикалық потенциалы, ерисип атырған жетискенликлери ҳәм миллий статистика системасын раўажландырыў бағдарында алып барып атырған реформаларының нәтийжелерин сәўлелендиреди.
Атап айтқанда, 2023-жылдың жуўмақлары бойынша Өзбекстанның "Статистика жумысы нәтийжелилиги индекси"нде 62-орынға көтерилиўине хызмет еткен факторлар:
миллий статистика системасына сапаны басқарыўдың алдынғы системалары GSBPM ҳәм GSIMлардың енгизилиўи;
БМШ Турақлы раўажланыў мақсетлери (ТРМ) глобал индикаторлары тийкарында Миллий Турақлы раўажланыў мақсетлери (ТРМ) индикаторларын қәлиплестирилиўи ҳәм турақлы жәрияланып барылыўы;
миллий ҳәм сырт ел пайдаланыўшылары ушын рәсмий статистика мағлыўматларының максимал дәрежеде ашық-айдынлығын, соның ишинде, республиканың социаллық-экономикалық көрсеткишлери халықаралық статистикалық топламларда ҳәм мағлыўматлар базаларында сәўлелендирилиўин;
Өзбекстанда миллий есаплардың заманагөй системасы "МЕС-2008"ниң әмелиятқа толық енгизилиўи усылардың қатарына киреди.