Самолёт үлкен тезликте ушыў-қоныў жолынан шығып кеткен ҳәм тосыққа урылып, бир неше бөлеклерге бөлинип ҳәм жанып кеткен. Қутқарыў операциясы басланғанынан бир неше саат өтип, өртти өшириўге ерискен, деп жазады " Газета.ru".
Соңғы мағлыўматларға бола, қутқарып алынған еки адамнан басқа борттағы барлық жолаўшылар қайтыс болған.
Дәслепки мағлыўматлар түсиў ўақтында шассилердиң ашылмай қалыўына себеп етип көрсетпекте, деп хабар береди Қубла Кореяның «Рёнхап» агентлиги. Экспертлердиң болжаўына бола, техникалық насазлық ямаса қуслар менен соқлығысыў себеп болыўы мүмкин ҳәм бул самолётты ушыў-қоныў жолында басқарыў имканиятының жоғалыўына алып келген болыўы мүмкин. Апатшылықтың анық себеби ҳәдийсе орнында табылған борт "қара қутысы"ндағы жазыўлардың таллаўынан кейин анық болады.
Жергиликли ҳәкимият ҳәдийсеге мүнәсибетин билдирди. Қубла Корея Президенти ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы Чхве Сан Мок барлық бар ресурсларды жәбирленгенлерге жәрдем көрсетиўге тартыўға ҳәм қутқарыў жумысларын алып барыўға шақырды. Апатшылық жүз берген орынға 80 нен аслам өрт өшириўшилер ҳәм 180 әскерий хызметкер жиберилген. Олар, аман қалған жолаўшыларды излеп табыў ҳәм авария ақыбетлерин сапластырыў менен шуғылланған.
Ҳүкимет апатшылықтың себебин анықлаў ҳәм бундай кеўилсизликлердиң алдын алыў ушын барлық имканиятларды иске қосатуғынын мәлим етти. Қутқарыў жумыслары даўам етпекте, халықаралық экспертлер болса техникалық ҳәм эксперт жәрдемин көрсетиў мақсетинде сорастырыўда қатнасыўға таяр.