Усы мақсетте – республикамыздағы каналлар ҳәм ишки салмаларды бетонлаў жумыслары даўам етип, Тақыятас районындағы ишки жап-салмаларға да қурғақ бетон төселмелер жатқарылмақта,-деп хабар бермекте Суў хожалығы министрлигиниң мәлимлеме хызмети.

Тақыятас районы “Суў жеткериў хызмети” мәмлекетлик кәрханасы тәрепинен ҳәзирги ўақытта Найманкөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Алибек салма”ға қурғақ бетон төселмелер жатқарылмақта.

Бул илаж да ишки суўғарыў тармақларында суўдың ысырап болыўын азайтыўға қаратылған илажларға жаңаша қатнаслардың бири болып есапланады.

Мағлыўмат ушын, өткен жылғы гүзги мәўсимде Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен Нөкис районында каналларды бетон қатламы орнына пайдаланыў мүмкин болған геомембарна, геотекстиль ҳәм геокомпозит өнимлерин өндириўшилер менен көргизбели ҳәм әмелий-семинар өткерилип, онда қурғақ бетон төселмелер ҳәм суўдың ысырапгершилигин азайтыў бойынша инновациялық усыллар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилген еди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.