Президентимиздиң 2025-жыл 8-сентябрьдеги "Мектептен тысқары билимлендириў системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында"ғы қарары системада узақ жыллардан берли жыйналып қалған машқалаларды сапластыратуғын әҳмийетли ҳүжжет сыпатында қабыл етилди. Оның менен "Бәркамал әўлад" республикалық балалар мектеби ҳәм Республикалық оқыўшы-жаслар орайы негизинде Республикалық "Келешек" орайы, аймақлардағы "Бәркамал әўлад" балалар мектеплери орнында болса аймақлық "Келешек" орайлары шөлкемлестирилди. Қарар тийкарында, сондай-ақ, "Келешек" орайларының улыўма орта билим бериў шөлкемлериндеги вертикал системасын жаратыў мақсетинде оқыўшылардың басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша мектеп кеңесгөйи лаўазымы енгизилмекте.
Кимлер мектеп кеңесгөйи бола алады?
Усы жылдың 16-17-январь күнлери жаңа лаўазымға талабанларды таңлаўдың биринши басқышы - тест сынақларында қатнасыўшылардың педагогикалық билими, психологиялық қатнасы ҳәм машқалалы жағдайларда дурыс қарар қабыл етиў қәбилети баҳаланды. Бул арқалы мектеплерде жаслардың қәбилетин раўажландыра алатуғын билимли ҳәм интакер кадрлар жәмәәтин қәлиплестириў мақсет етилген.
Республикалық "Келешек" орайының директоры Индира Холдорованың айтыўынша, елимиздиң 14 аймағы бойлап электрон платформа арқалы онлайн тәризде өткерилген тест сынақларында талабанлар 3400 штат бирлиги ушын гүрес алып барды. Жәми 15 мыңнан аслам арзалардан маманлық талапларына жуўап берген 10,5 мыңы қабыл етилип, бир лаўазымға орташа үш-төрт талабан туўра келди. Биринши басқышта 3400 мектепте енгизилетуғын жаңа лаўазым, екинши басқышта қалған барлық мектеплерде шөлкемлестириледи.
Февраль айының биринши он күнлигинде болса болажақ мектеп мәсләҳәтшилерин таңлаўдың екинши басқышы, яғный сәўбетлесиў процесслери болып өтеди. Тест нәтийжелерине бола, мүнәсип талабанлар сәўбеттен өтеди. Мақсет - мектеплерде жаслардың талант ҳәм басламаларын раўажландырыўға уқыплы билимли ҳәм интакер кадрларды таңлап алыў. 14 аймақлық "Келешек" орайы тәрепинен шөлкемлестирилген таңлаў комиссиясы сәўбетлесиў ўақтында талабанның стратегиялық пикирлеў, басқарыў, оқыўшылар менен ислесиў қәбилетин анықлайды. Талабанлардың шет тиллерин билиўине қосымша үстинлик бериледи. Таңлаў комиссиясының жуўмағына бола, таңлаў комиссиясының баслығы - аймақлық "Келешек" орайының директоры усыныс еткен талабанлар мектеплерде жумыс баслайды.
Усы жерде мектеп мәсләҳәтшилери жумысының жолға қойылыўынан мақсет не, мектеп мәнаўиятшылары, психологлары бар ғой, деген сораў туўылыўы мүмкин. Дурыс, мектеп кеңесгөйи әйне лаўазым ийелери менен биргеликте жумыс алып барады. Оқыўшыларды ҳәр тәреплеме раўажландырыўдан тысқары, пәнлерди өзлестириўи ҳәм кәсиплик қызығыўшылығы бойынша таңлап, 9-класты питкергенде техникумларға бағдарлайды. Себеби, көп санлы оқыўшылар менен бир ғана психолог ямаса мәнаўиятшының индивидуал ислеўи қыйын. Көплеген талантлы жаслар итибардан шетте қалыўы мүмкин. Жаңа система өсип киятырған жас әўладтың STEAM (Science - тәбийғый пәнлер, Technology - технологиялар, Engineering - инженерлик, Art - көркем өнер, Mathematics - математика) пәнлери ҳәм илимге умтылысларын хошаметлеў, интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыўға хызмет етиўи күтилмекте.
Дәслепки сынақлар қалай өтти?
Жоқарыда айтқанымыздай, тест сынақлары барлық аймақларда электрон платформа арқалы өткерилди. Ташкент ўәлаяты аймақлық "Келешек" орайына мектепке мәсләҳәт бериў ушын келип түскен улыўма арзалардың саны 662 ни қурады. Аймақтағы 367 мектептеги вакант лаўазымлар ушын 618 талабан тест процесслеринде рәсмий қатнасты.
- Әлбетте, ҳәр қандай жаңа система бирден тегис иске қосылып кетиўи аңсат емес, - дейди ўәлаяттың "Келажак" орайының директоры Элдор Мирзаев. - Жаңа системаға оқыўшыларды тартыў ушын бир ай даўамында үгит-нәсиятладық. Қарарға бола, "Келешек" орайлары көп тармақлы болып, дөгереклер ҳәр бир аймақтың өзине тән өзгешелиги, оқыўшылардың қызығыўшылықлары ҳәм талапларына бола шөлкемлестириледи. Ата-аналар, тийкарынан, Президент, дөретиўшилик, қәнигелестирилген мектеплерге таярлаў, шет тиллерин өзлестириўге қызығыўшылық билдирмекте. Инглис, қытай, түрк, корейс тиллерин үйретиў усыныслары түсип атыр. Соның ушын бул бағдарларда дөгереклер аштық. Буннан тысқары, информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары, компьютер графикасы ҳәм дизайн бағдарлары, ментал арифметика, Президент мектеплерине таярлаў, шет тиллерин раўажландырыў бойынша дөгереклер жолға қойылған. Шаңарақлық мийирбийкешилик, тигиўшилик, коньдитершиликке де талапкерлер көп. 40 тан аслам қызларымыз кондитершиликке таярланбақта. Карвинг бағдарлары бойынша да кәсипке бағдарланбақта.
Улыўма алғанда, бүгинги күнде 20 ға шамалас кәсип үйретпектемиз. Келешек кәсиплери - жасалма интеллект, ИТ, инженерлик бойынша да дөгереклер ашыўды мақсет етип турмыз.
Самарқанд ўәлаяты Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи басқармасы баслығының орынбасары Хуршид Ғозийевтиң айтыўынша, биринши басқышта 287 мектепке мектеп кеңесгөйи лаўазымына вакант орынларға 831 педагог ҳүжжет тапсырған. Екинши басқышта 898 мектепке таңлаў жәрияланады. Усы тәризде жәми 1276 мектептиң барлығына мүнәсип талабанлар таңлап алынады.
- Тест ушын 80 минут ўақыт берилмекте. Сораўлар онша қыйын емес. Мектепте, турмысымызда ушырасатуғын машқалалы жағдайларға бағдарланған. Кеңесгөй лаўазымы енгизилип атырғанынан оғада қуўанышлымыз, себеби, бул арқалы мектептеги көплеген машқалаларды шешиўге имканият пайда болады, - дейди талабанлардан бири Айбек Бердимуродов.
Әндижан қаласында да ашық таңлаўлар шөлкемлестирилди. Аймақтағы 469 мектеп ушын 979 талабан билимин сынап көрди. Ўәлаятлық "Келешек" орайының директоры Файзулло Дадажонов талабанлардың жоқары мағлыўматлы болыўы мақсетке муўапық екенин айтты. Мектеп кеңесгөйлери оқыўшыларды тек ғана кәсипке емес, ал халықаралық университетлерге таярлаў ҳәм олардың социаллық көнликпелерин раўажландырыўға да хызмет етеди.
Жиззақ қаласында 89 мектеп кеңесгөйи орны ушын 900 ден аслам оқытыўшы қатнасты. Ўәлаят Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи басқармасы баслығының орынбасары Шоҳида Даманова олардан билимлендириў сиясаты, мәмлекетлик тилде ҳүжжет жүргизиў, педагогикалық шеберлик, инглис тили ҳәм мәлимлеме технологиялары бойынша билимлер талап етилгенин төмендегише түсиндирди:
- Мектеп кеңесгөйлери "Президенттиң талантлы перзентлери" миллий бағдарламасының мазмунын жарытыў, онда нәзерде тутылған идея ҳәм мақсетлерди оқыўшылар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша системалы жумысларды жолға қояды. Сондай-ақ, 7-9-класс оқыўшыларын кәсип-өнерге қызықтырыў ҳәм бағдарлаў мәселелери менен шуғылланады. Солай екен, олардың өзлери ҳәр тәреплеме жетик шахс болыўы керек.
Ўәлаяттың тәжирийбели муғаллимлеринен бири Миркамол Ғанибеков тестлер әдил ҳәм ашық-айдын өткенин айтып, мектеп кеңесгөйлери оқыўшылардың руўхый-әдеп-икрамлылық дәрежесин ҳәм белсендилигин арттырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын айрықша атап өтти.
- Бүгинги тез өзгерип атырған дәўирде балалар тек ғана заманагөй билимге емес, ал дурыс жол-жобаға да мүтәж, - дейди Қашқадәрья ўәлаяты "Келажак" орайының басшысы Гулруҳ Холмуродова. - Мектеп кеңесгөйлери әйне оқыўшылардың қәбилети, потенциалын дурыс бағдарлаўға жәрдем бериўи нәзерде тутылған. Соның ушын, жаңа лаўазым ийелери оқыўшылардың ишки дүньясын да терең түсиниўи керек. Ўәлаятымыздағы 260 мектеп кеңесгөйиниң орнына мыңнан аслам талабан тест тапсырды.
Оқыўшылардың социаллық портфелин жаратыўда, олардың мектептен тысқары бәнтлигин мониторинг етиўде әйне мектеп кеңесгөйлери жәрдем береди. "Келешек" орайларында мектеп мәсләҳәтшилери жумысын муўапықластырыў бөлими шөлкемлестирилген.
"Келешек" орайымызға келетуғын болсақ, STEAM пәнлерине таярлаў ямаса робототехника, тил дөгереклерине талап жүдә күшли. Басқышпа-басқыш усындай дөгереклерди шөлкемлестириўди басладық. Несип етсе, мектеп мәсләҳәтшилери "Келешек" орайларының тармақ дөгереклерине оқыўшыларды тартыў, бул жерде шөлкемлестирилген жаңаша дөгереклерге оқыўшыларды таңлап алыў, кәсипке бағдарлаў сыяқлы бағдарларда бизге жәрдем береди.
Соны да айтыў керек, биз тек ғана илим, ИТ бағдарларында емес, ал китапқумарлық, спортты раўажландырыў бойынша да дөгереклер, ҳәр қыйлы таңлаўлар, жойбарларды жолға қоямыз. Оларда перзентлериниң табысын, айдын келешегин көрген ата-аналарда жаңа системаға үмит, исеним өз-өзинен артып бара береди. Негизинде мақсет те сол.
"Келешек" орайлары өз аты менен оқыўшыларды келешек кәсиплерине таярлайды, десек қәте болмайды. Жасалма интеллект ҳәм робототехника бағдарларына тартыў арқалы жасларда дөретиўшилик көнликпелери және де қәлиплестириледи. Мобилограф, программаластырыў, алға қойыў ҳәм реклама (SMM), моделлестириў сыяқлы дөгереклер арқалы жаслардың интеллектуаллық потенциалы, креатив қатнаслары көрсетиледи. Тармақ дөгереклер мектеплер ҳәм орайларды бир-бирине байланыстырыўға хызмет етеди. Вертикал системаның табыслы жолға қойылыўында болса сайланды мектеп мәсләҳәтшилери пидайылық көрсететуғынына үмит етемиз. Бул үлкен жуўапкершилик, айрықша исеним билдирилип атырған мақтанышлы ўазыйпа. Ол болса 6 жастан 18 жасқа шекемги мыңлаған ертеңги күнимиз иелериниң өмирде мүнәсип орын табыўында әҳмийетли фактор болады. Солай екен, бизге ҳәр тәреплеме ең мүнәсиплер керек.
Муножат МУМИНОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы