баннер
1 Apr 2025
10:25

    Жас исбилерменниң жумыс көлеми кеңеймекте

    Саўда-санаат палатасының белсенди ағзасы, «QORAZBEK ATA STROY» ЖШЖ директоры, жас исбилермен Азимбай Сыдыков бүгинги күнде қурылыс материалларын сатыў менен бир қатарда өндирислик жумысын да жолға қойды.

    Әҳмийетли тәрепи, Саўда-санаат палатасының тиккелей қоллап-қуўатлаўы тийкарында исбилермен А.Сыдыков 2024-жылдың декабрь айында Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласында шөлкемлестирилген «Made in Uzbekistan» саўда-ярмаркасында кәрханасы тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер менен белсене қатнасты.

    Өз жумысымызды 2011-жылы басладық. Бүгинги күнде кәрханамызда жәми 12 пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленген болып, Түркия технологиясы тийкарында 40 түрден аслам заманагөй акрил типиндеги ванналар ислеп шығарылмақта. Алдағы ўақытлары кәрханамыздың жумысларын еле де раўажландырып, «AsiaLuxBaths» бренди астында ислеп шығарылған өнимлеримизди қоңсы республикаларға экспорт етиўди режелестирип атырмыз,-дейди исбилермен А.Сыдыков.

    Ҳәзирги ўақытта Қазакстанлы ири бизнес ийелери исбилерменниң өнимлерине үлкен қызығыўшылық билдирип, бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер алып барылмақта. Нөкис қаласында жаңа бренд астында ислеп шығарылып атырған заманагөй ванналарға исбилермен 10 жылдан аслам мүддетте хызмет атқарады, деп кепиллик бермекте.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech