Жас кадрлар сиясатында жаңа горизонтлар

    19 қараша 2024 12

    «Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен «Перспективалы жасларды сырт елде таярлаў – Жаңа Өзбекстанда кадрлар сиясатының әҳмийетли тийкарғы бағдары» темасында III Халықаралық форум шөлкемлестирилди.

    Илаж шеңберинде шөлкемлестирилген сесияда санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов қатнасты. Министр өзиниң шығып сөйлеген сөзинде «Эл-юрт умиди» қорының мәмлекет кадрлар сиясатындағы әҳмийетин ҳәм ролин айрықша атап өтти.

    Министр қор тәрепинен сырт елде билим алған жаслар тек билим ҳәм заманагөй көнликпелерге ийе болып қалмастан, ал оларды әмелиятқа енгизиў арқалы елимизди жаңа технологиялар ҳәм инновациялар менен байытып атырғанын атап өтти.

    Жаслар сырт елде оқып қайтқаннан соң, өз тараўларында жоқары нәтийжелерге ерисиўи мәмлекеттиң санлы раўажланыўы ҳәм экономикалық жоқарлаўына хызмет ететуғынын қосымша етти.

    Сырт елдеги ўатанласлар, соның ишинде, қордың питкериўшилери өз билимлери менен тәжирийбелерин Ўатанның раўажланыўына бағдарлаўы керек екенлиги атап өтилди.

    Усы форум тек «Эл-юрт умиди» қоры стипендиятлары ушын емес, ал пүткил мәмлекеттиң интеллектал потенциалын раўажландырыў ушын әҳмийетли қәдем болды.