Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, соның менен бирге, Арқа-батыс әскерий округи сәркардалығы, Нөкис қаласы ҳәкимлиги, Өзбекстан жаслар аўқамы, Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген форумда жас әскерий хызметкерлер, нураныйлар, «Ўатан таянышы» отряды ағзалары ҳәм бир топар жаслар қатнасты.
Форумда Арқа-батыс әскерий округи сәркардасының орынбасары ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм форумның мақсет ҳәм ўазыйпалары, 2024-жыл даўамында мәмлекетлик сиясат бойынша әмелге асырылған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўматлар берди.
Илажда қарақалпақстанлы жаслар да шығып сөйлеп, жаслардың арзыў ҳәм мақсетлерине жетиў бойынша өзлериниң зәрүрли мәсләҳәт ҳәм кеңеслерин берди. “Мард ўғлон” ордени ийеси киши сержант Аслиддин Нурматовтың өмири ҳәм хызмет жолларындағы жетискенликлери қатнасыўшыларға және де үлкен мотивация берди.
Форум соңында Арқа-батыс әскерий округи сәркардалығы тәрепинен аталыққа алынған жаслар менен әмелге асырылған ислерде белсендилик көрсеткен бир топар жас әскерийлер әскерий округ сәркардалығының Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.