Онда Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық секторы баслығы Тимур Баекеев ҳәм тийисли тараў жуўапкерлери қатнасты.
Ушырасыў даўамында район ҳәкими Жамбул Адилов компания ўәкиллери менен Тахтакөпир районы аймағында әмелге асырылыўы режелестирилип атырған қоспа инвестициялық жойбарлар бойынша сөйлесиўлер алып барды. Сөйлесиў барысында район ҳәкими районда сырт ел инвесторлары ушын жаратылып атырған қолайлы шараятлар, инвестициялық жойбарларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў механизмлери ҳаққында тоқтап өтти. Атап айтқанда, Қытай делегациясы тәрепинен мағлыўматлар орайын (Data Center) шөлкемлестириў, қуяш панели станциясын қурыў ҳәм жасыл энергетика бағдарындағы жойбарларды әмелге асырыў бойынша усыныслар билдирилди. Бул жойбарлар аймақта санлы инфраструктураны раўажландырыў, альтернатив энергия дереклеринен нәтийжели пайдаланыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиўди және де раўажландырыў, жойбарларды басқышпа-басқыш әмелге асырыў бойынша келешектеги әмелий қәдемлерди белгилеп алыўға келисип алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.