Усы жыл 23-март күни институттың белсенди студентлериниң қатнасыўында пайтахтымыздағы Шадлы аўыл мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы ажыратылған жер орнында нәл егиўге таярлық жумысларын алып барды.
Бул жерде жаслар устазларының басшылығында жабайы шөплерден ҳәм шығындылардан тазалаў жумысларын әмелге асырды.
– Быйылғы бәҳәр мәўсиминде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде институтымыз тәрепинен пайтахтымыз Нөкис қаласы ҳәм оның әтирапында «жасыл белбеў» пайда етиў мақсетинде 11 мың түп ҳәр қыйлы мийўели ҳәм декоратив терек нәллерин отырғызыў режелестирилген. Әлбетте, бул арқалы жасыл аймақларды кеңейтиў, ҳаўаның сапасын жақсылаў, глобаллық климат өзгерислериниң унамсыз ақыбетлерин азайтыў, сондай-ақ, халықтың, соның ишинде, жасларымыздың экологиялық жуўапкершилигин арттырыў – бизиң тийкарғы мақсетимиз,-дейди институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Реймов.
Бундай илажлар тәбиятты қорғаўдың нәтийжели усылын пайда етиў менен биргеликте, келешек әўладларға таза ҳәм саламат орталықты қалдырыўға тийкар жаратады.
Институтта акция шеңбериндеги абаданластырыў илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.