«Өзбекстан-2030» стратегиясы ҳәм Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы бойынша мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде нәўқыран әўладқа кең имканиятлар жаратылмақта. 10 миллионнан аслам халық ғалабалық түрде спорт пенен шуғылланбақта. Барлық аймақларда, билимлендириў ҳәм мийнет жәмәәтлеринде ҳәр қыйлы жарыслар өткерилмекте.
Мәмлекетлик бағдарламада жәмәәтлик спорт түрлерин және де раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў ўазыйпасы белгиленген. Соған муўапық, бир қатар илажлар ислеп шығылған.
Мәселен, жәмәәтлик спорт түрлери бойынша «Мәҳәлле лигасы» ҳәм «Мектеп лигасы» жарысларын жолға қойыў усыныс етилмекте. Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде спорт клубларын шөлкемлестириў, олардың арасында «Студентлер лигасы», «Министр кубоги» ҳәм «Ректор кубоги» сыяқлы жарыслар өткерип барыў нәзерде тутылмақта.
Жәмәәтлик спорт түрлери бойынша миллий лигалар қоллап-қуўатланады. Жергиликли ҳәкимликлер жанында аймақлық спорт клублары дүзиледи. «ERP Sport» электрон системасында қәбилетли жасларды анықлаў, таңлаў ҳәм селекциялаў енгизиледи.
Жаслардың спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын қосымша шараятлар жаратыў мәселелерине де итибар қаратылды.
Усынысқа бола, ҳәптениң ҳәр пийшемби күни «денетәрбия ҳәм спорт күни» сыпатында белгиленеди. Оған тартылған жаслар саны ҳәм ерисилген нәтийжелерге қарап, спорт мектеплериниң хызметкерлерине үстеме бериледи. Сондай-ақ, инфраструктурадан келип шығып, мәкемелер белгили бир спорт түрлерине қәнигелестирилип барылады.
Система мектеплеринде ғалабалық спорт бойынша тренер-селекционер лаўазымы енгизилип, оларға бесеўге шекемги мәҳәлле ҳәм билимлендириў мәкемелери бириктириледи. Мәҳәллелерде дөгереклер щөлкемлестирген тренерлер қосымша хошаметленеди.
Президент спорт тараўы жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың үлкен бағдары екенин атап өтип, орынларда бул бағдардағы қолайлықларды кеңейтиў, жас әўладты ҳәр тәреплеме жетик етип тәрбиялаў бойынша пикирлерин билдирди.