Миллий мәнаўиятымыз, мәдений мийрасларымыз ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар тийкарында жоқары ўатансүйиўшилик сезимин ҳәм мийнетти сүйиў пазыйлетлерин өзинде жәмлеген, Ўатанымыздың раўажланыўын ҳәм даңқын жоқарылатыў жолында хызмет етип атырған, Өзбекстанда келешеги уллы мәмлекет қурыўда және елимиздиң ишки ҳәм сыртқы турмысында үлкен орын ийелеп атырған пуқараларға берилип киятырған “Өзбекстан белгиси” көкирек белгисин мүнәсип талабанларға тапсырылыўы дәстүрге айланған.
Сондай-ақ, усы илажда Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Мурат Камалов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Индира Жумабаева, Қоңырат районындағы Қаңлы мәкан пуқаралар жыйынының жаслар жетекшиси Алишер Хасанов, Хожели районындағы Жайхун посёлкалық пуқаралар жыйынының жаслар жетекшиси Ботир Умаровлар да усы сыйлыққа мүнәсип деп табылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.