Қоңырат районындағы «Жаслық» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында жаңа көп қабатлы турақ жайлар пайдаланыўға тапсырылды.
Мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев турғынларды жаңа турақ жайлардың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасындағы авариялық жағдайындағы ҳәм руўхый ескирген көп квартиралы турақ жайларды реновациялаў арқалы халықтың турмыс шараятларын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы 557-санлы қарары тийкарында «Жаслық» посёлкасында жайласқан авариялық жағдайдағы көп квартиралы жайларды реновациялаў Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетиниң қосымша дәреклериниң 35 миллиард сумлық қаржысы есабынан жаңадан бес қабатлы, 180 квартиралы, барлық қолайлықларға ийе турақ жайлар қурылып, пайдаланыўға тапсырылғанлығы атап өтилди.
Әлбетте, бул жаңа турақ жайлар аймақ халқы ушын узақ жыллар даўамында хызмет етеди деп исенемиз. Аймақ турғынлары өз гезегинде Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша ғамқорлығынан шексиз миннетдаршылығын билдирмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.










