Атап айтқанда, 16-17-июньда Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятында, 17-19-июньда Өзбекстанның қалған аймақларында ҳаўа температурасы күндизги ўақытлары 40-42 дәрежеге шекем, қублада ҳәм шөл аймақларында, айырым жерлерде 43-44 дәрежеге шекем көтериледи.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызметиниң усынысына бола, ыссы күнлерде, бәринен бурын, балалар, кекселер, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм созылмалы кеселликлерден қыйналып атырған наўқаслар өз денсаўлығына және де итибарлы болыўы зәрүр.
Саат 10:00 ден 17:00 ге шекем сая-салқын жерлерде болыў усыныс етиледи. Сыртқа шығыў зәрүр болса, тәбийғый, ашық реңдеги, пахтадан исленген кийимлер ҳәм жеңил бас кийим кийиў және қуяштан қорғайтуғын көз әйнек тағыў мақсетке муўапық.
Ыссы ҳаўада күнине 3 литрден кем болмаған муғдарда суйықлық ишиў керек. Бирақ төмен температурадағы салқын ишимликлерди ишиўден тыйылыў керек.
Газленген, энергетикалық ҳәм алкоголь ишимликлер, кофе ишпеў зәрүр. Майлы, дузланған аўқатлар жемеў, керисинше, көбирек мийўе-овошлар жеў усыныс етиледи.
Күн даўамында жыллы душ қабыл етиў, ўақты-ўақты менен денени суўық суўда ығаллы қол шаршы менен сыпырып турыў да денени ҳәдден тыс қызып кетиўден сақлайды.
Қуяш урыўы - ең қәўипли жағдай болып, жәбирлениўшиде кеўил айныў, бас айланыў, қусыў, мурыннан қан кетиўи, қулақларда шаўқым, көриў қәбилетиниң бузылыўы, жүрек урыўы ҳәм дем алыў күшейеди. Ҳәттеки, айырым ўақытлары тутқанақ, сандырақлаў, галлюцинация бақланыўы ҳәм наўқас ес-ҳушын жоғалтыўы мүмкин.
Бундай ўақытта оны, ең дәслеп, салқын жерге көширип өткериў керек. Соң горизонталь жағдайда жатқызып, аяқларды сәл көтерип, кийимлерин шешиў, бетин суўық суўда жуўыў ҳәм қандай да бир ҳөлленген гезлемени жүрек аймағына қойыў керек. Сондай-ақ, оған қатық ишкизиў ҳәм тезлик пенен шыпакерге хабарласыў керек.
Сондай-ақ, ыссыда аўыр физикалық мийнет пенен шуғылланыў суўсызланыў ҳәм күйиў қәўипин сезилерли дәрежеде арттырады. Бундай шараятта жүрек-қан тамыр системасына түсетуғын жүк артып, жүрек соғыўы ямаса инсульт жүзеге келиўи мүмкин.
Сол себепли созылмалы кеселликлери (гипертония, жүрек кеселликлери, семизлик) бар адамлар ыссы ўақытта физикалық белсендиликтен шеклениўи, зәрүр болса, шыпакер менен мәсләҳәтлесиўи лазым.








