«Саламатлық марафоны» илажы жоқары дәрежеде өткерилмекте

    Республикамызда жасаўшы пуқаралардың денсаўлығын сақлаў, олардағы кеселликлерди ерте анықлаў ушын бийпул медициналық тексериўлерден өткериў ҳәм операцияларды әмелге асырыў мақсетинде жақында Нөкис қаласында болып өткен «Саламатлық марафоны» әйне пайытта Хожели районында даўам етпекте.

    Усы жылдың 3-30-ноябрь күнлери аралығында район аймағында “Саламатлық марафоны” өткерилиўи белгиленген болып, район халқы бийпул медициналық көриктен өткерилмекте. Саламатлық илажы шеңберинде халықтың кең қатламын профилактикалық тексериў ҳәм скрининг тексериўлерине тартыў, халықтың өзи ҳәм перзентлериниң саламатлығына жуўапкершилигин ҳәм кеселликлер профилактикасы түсинигин қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў, жуқпалы болмаған кеселликлер, соның ишинде, жүрек-қан тамыр кеселликлери, қантлы диабет, рак сыяқлы кеселликлердиң профилактикасы бойынша хабардарлығын арттырыў ҳәм профилактикалық илажлар әмелге асырылмақта.

    Бүгин 14-ноябрь күни Хожели медицина бирлеспеси тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжелиги менен танысыў мақсетинде район ҳәкимлиги тәрепинен ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында пресс тур шөлкемлестирилди. Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери «Саламатлық марафоны» илажы шеңберинде медицина бирлеспесинде халыққа көрсетилип атырған медициналық хызмет түрлери менен танысып, шыпакерлер менен биргеликте наўқаслардың жағдайларынан хабар алып, өткерилип атырған әмелей процесслерге қатнасты.

    Илаж шеңбериде Ташкент қаласы Республикалық Миллий орайынан тар тараў қәнигелери тәрепинен жүрек-қан тамыр кеселликлериниң алдын алыў мақсетинде райондағы жеңиллетилген топарға кириўши ҳәм пенсия жасындағы пуқаралар “Ангиография” тексериўинен өткерилмекте. Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери усы әмелиятқа қатнасып, шыпакерлердиң наўқасқа кардиологиялық кеселликти эндоскопиялық усылда анықлаў процесин көзден өткерди.

    -Саламатлық марафоны айлығында “Көкирек бези раги” кеселликлериниң профилактикасы бойынша 45-65 жастағы 800 ден аслам ҳаял-қызларды профилактикалық тексериў ҳәм скрининг тексериўлер өткериў режелестирилген болып, ҳәзирги ўақытта 394 ҳаял-қызлар скринингтен өткерилди. 798 2-10 жас аралығындағы балаларды “Гелминтоз” кеселлигине тексериў режелестирилген болып соннан 402 и скрининг тексериўинен өткерилди. 3-18 жас аралығындағы 1508 баланы “Онкогемотологиялық” кеселликке тексериў режелестирилген. Соннан 954 и скрининг тексериўинен өткерилди,- дейди Хожели районы медицина бирлеспеси баслығы И. Палўанов.

    Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына муўапық республикамызды социаллық-экономикалық раўажланыўын жетилистириў мақсетинде Бухара ўәлаяты Хожели районына бириктирилген еди. Районда медициналық хызметтиң сапасын арттырыў ҳәм халықтың саламатлығын жақсылаў мақсетинде Бухара ўәлаяты Денсаўлықты сақлаў басқармасы баслығы Элёр Олтиев басшылығындағы 30 бухаралы шыпакерден ибарат болған жумысшы топар 13-ноябрьден баслап районда болып, халықты медициналық тексериўдан өткерип, әмелий жәрдемлер берилмекте.

    Бухара ўәлаяты денсаўлықты сақлаў басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Хожели районы медицина бирлеспеси арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

    Бул меморандум шеңберинде Бухара ўәлаятынан қәнигелер бир ҳәпте даўамында Хожели районы медицина бирлеспесинде тексериўлер шөлкемлестирип, хирургиялық әмелиятларды өткериў режелестирилген.

    Бул өз гезегинде, халық ушын медициналық хызмет сапасын арттырыўға хызмет етеди. Сапардан мақсет районда жергиликли ҳаял-қызлар менен биргеликте 50 ге шамалас жоқары технологиялы хирургиялық әмелиятларды өткериў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў системасындағы балалардың денсаўлығын тексериў, сондай-ақ, шыпакерлер менен тәжирийбе алмасыўдан ибарат.

    Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына муўапық, ўәлаятлар Аралбойының социаллық-экономикалық раўажланыўын жеделлестириў мақсетинде Бухара ўәлаяты Қарақалпақстан районына бирлестирилди.

    Қарақалпақстан Республикасының Хожели районында медициналық хызметтиң сапасын ҳәм халықтың саламатлығын жақсылаў мақсетинде Бухара ўәлаяты Денсаўлықты сақлаў басқармасы баслығы Елёр Олтиев басшылығындағы 30 бухаралы шыпакерден ибарат болған жумысшы топар 13-ноябрь күни Хожели районына жетип келди.

    Бухара ўәлаяты денсаўлықты сақлаў басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Хожели районы медицина бирлеспеси арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

    Бул меморандум шеңберинде Бухара ўәлаятынан қәнигелер бир ҳәпте даўамында Хожели районы медицина бирлеспесинде тексериўлер шөлкемлестирип, хирургиялық әмелиятларды өткериў режелестирилген. Бул өз гезегинде, халық ушын медициналық хызмет сапасын арттырыўға хызмет етеди. Сапардан мақсет – Хожели районында жергиликли ҳаял-қызлар менен биргеликте 50 ге шамалас жоқары технологиялы хирургиялық әмелиятларды өткериў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў системасындағы балалардың денсаўлығын тексериў, сондай-ақ, жергиликли шыпакерлер менен тәжирийбе алмасыў.

    -Баламның дем алыўы қыйын еди. Бухаралы шыпакерлер көриктен өткерип, дем алыў жолында кеселлик бар екенин анықлады ҳәм бийпул опреация иследи. Ҳәзир баламның жағдайы жақсы. Бул ушын шыпакердерден миннетдармыз,- дейди район турғыны Марал Сапарова.

    Буннан соң илаж қатнасыўшылары «Мустақиллик» АПЖ аймағында болып жергиликли халыққа бухаралы орта буўын медицина хызметкерлериниң саламат турмыс тәризи бойынша алып барып атырған үгит-нәсият жумыслары менен танысты. Шаңарақларға кирип оларға медициналық түсиниклер өткерди.

    Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates