Жәбирленген адамлар менен бирге ислесиў усыллары үйретилди

    Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Бирлескен миллетлер шөлкеми халық фонды (UNFPA) менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Басым ҳәм зорлықтан жәбирленген шахсларға социаллық хызметлер көрсетилиўин жетилистириў бойыша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының әҳмийетин үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ «Басым ҳәм зорлықтан жәбирленген адамлар менен ислесиў» темаларында қәнигелердиң илимий тәжирийбесин арттырыў мақсетинде, Тахтакөпир районында оқыў семинары шөлкемлестирилди.

    Семинарға социаллық хызметкерлер, ҳаял-қызлар белсендилери, Ишки ислер бөлими, Миллий гвардия ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

    Өткерилген оқыў семинар даўамында Бирлескен миллетлер шөлкеми халық фонды (UNFPA) миллий эсперти Дамира Тўхтасинова ҳәм басқа да қәнигелер тәрепинен Басым ҳәм зорлықтан жәбирленген шахслар менен ислесиў, оларға социаллық хызметлер көрсетиў бойынша кең түсиниклер берилип, илаж қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.