Жеке брендке ийе болыўдың абзаллық тәреплери көп

    Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Интеллектуал мүлк департаменти тәрепинен қарақалпақстанлы исбилерменлер ҳәм өнерментлердиң қатнасыўында “Жеке брендке ийе болыўдың абзаллық тәреплери” атамасында семинар шөлкемлестирилди.

    Илажда Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Интеллектуал мүлк департаментиниң баслығы Б.Хасанов, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары А.Аманбаев, “Интеллектуал мүлк орайы” мәмлекетлик шөлкеминиң ўәкили Ж.Шамшетов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары М.Абдижалиев, исбилерменлер ҳәм өнерментлер қатнасты.

    Семинар даўамында қатнасыўшыларға исбилерменлердиң өз брендине ийе болыўының қолайлықлары, контрафакт өнимлерди ислеп шығарыў бағдарында белгиленген жуўапкершиликлер, интеллектуал мүлк объектлерин дизимге алыў тәртиби хәм бул бағдарда мәмлекетимизде қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер бойынша түсиниклер берилди.

    Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.