Иран ҳүкимети ҳаял-қызларға мотоциклди басқарыў ушын айдаўшылық гүўалығын алыўға рухсат берди. Бул ҳаққында Ilna агентлиги хабар бермекте.
Биринши вице-президент Муҳаммад Реза Ареф тәрепинен қол қойылған резолюция январь айында қабыл етилген еди. Ҳүжжетке муўапық, мәмлекет бас сәркардалығы ҳаял-қызлар ушын мотоцикл басқарыў бойынша әмелий сабақларды шөлкемлестириў, жол полициясы қадағалаўы астында имтиханлар өткериў ҳәм тийисли категорияға лицензия бериўге жуўапкер болады.
Иран ҳаял-қызлары узақ ўақыттан берли спорт илажларына, соның ишинде, ер адамлар қатнасыўындағы футбол ойынларына барыўда тең ҳуқықлы болыўды тәрепдары болып келмекте. ФИФА барлық ықласбентлердиң кириўин тәмийинлеўди талап етип атырғанына қарамастан, Иран ҳәкимияты ҳәзирге шекем қадағалаўды алып тасламады, деп жазбақта snob.ru.