JICA Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги менен бирге ислесиў және де кеңейтиледи

    22 қаңтар 2025 539

    Усы жылы 20-январьда Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Кудратов JICA Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги президенти доктор Акихико Танака менен сөйлесиўлер өткерди.

    Ушырасыўда JICAның Өзбекстан-Япония стратегиялық шериклигин жедел раўажландырыўға қосып атырған үлеси ҳәм Агентликтиң Өзбекстанда жаңа жойбарларды әмелге асырыў мақсетлерине садықлығы жоқары баҳаланды.

    JICA жәрдеминде Өзбекстанда энергетика, билимлендириў, аўыл хожалығы, инфраструктуралық раўажланыў ҳәм денсаўлықты сақлаў сыяқлы әҳмийетли экономика тармақларында улыўма баҳасы 3,7 миллиард доллар муғдарындағы жойбарлар әмелге асырылған.

    Агентликтиң Өзбекстандағы табыслы жумыс тәжирийбесинен келип шығып, энергетика, денсаўлықты сақлаў, инсан ресурсларын раўажландырыў, мәмлекет аймақларында жаңа еркин экономикалық зоналар шөлкемлестириў бағдарларындағы жойбарларды қаржыландырыўдың қосымша имканиятлары көрип шығылды.

    Буннан тысқары, 2022-жылдан баслап, JICA Өзбекстанда инвестициялық жойбарларды мәмлекет кепиллигисиз қаржыландырыўды нәзерде тутатуғын Жеке меншик сектор инвестицияларын қаржыландырыў (PSIF) бағдарламасын әмелге асырып келмекте. Бул бағдарлама шеңберинде жаңа перспективалы жойбарлар портфелин ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди.

    Өткен жылы қол қойылған улыўма баҳасы 2,4 миллиард долларлық 20 жойбардан ибарат Бағдарламаны әмелге асырыў процеси айрықша көрип шығылды.

    Ушырасыў жуўмақлары бойынша Япония ҳүкимети менен "Алмасыў ноталары," Республикалық қәнигелестирилген неврология ҳәм инсульт илимий-әмелий медицина орайын қурыў ҳәм үскенелеў жойбары бойынша 150 миллион долларлық кредит шәртнамасын, JICA ҳәм Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги арасында шарўашылық, энергетика, билимлендириў ҳәм басқа да тараўлардағы жойбарларды әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын бирге ислесиў протоколына қол қойыў мәресими болып өтти, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates