Әжинияз Қосыбай улының шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

    10 қаңтар 2025 16

    Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып, китап болып басылып шықты.

    Онда шайырдың 70 тен аслам қосық ҳәм поэмалары орын алған. Китап Бердақ атындағы ҚМУ дың оқытыўшысы Саят Авезқиличева тәрепинен аўдарма исленген. Ол Давлетмаммет Азадий атындағы түркмен миллий жәҳән тиллери университетин питкерген ҳәм ҳәзирги ўақытта студентлерге сабақ берип келмекте. Ол буннан басқа «Түркий халықлар әдебияты», «Сөйлеў мәденияты» сыяқлы методикалық оқыў-қоланбаларының ҳәм түркмен фольклорына, классик әдебиятына және дәстанларына арналған бир неше мақалалардың авторы. «Ebedi şygyrlar»атамасындағы бул китаптың таярланыўында Қарақалпақстан түркмен миллий-мәдений орайы қәўендерлик еткен.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.