Илажда Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов, министрликлер ҳәм уйымлар, тармақ бирлеспелери, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшылары және 30 дан аслам мәмлекеттен 350 ден аслам ири сырт ел компанияларының топ-менеджменти ўәкиллери қатнасты.
Лазиз Қудратов форум қатнасыўшыларын қутлықлап, өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстанда соңғы 8 жыл даўамында әмелге асырылған түпкиликли реформалар нәтийжесинде валюта курсы либералластырылғаны, салық ҳәм бажыхана системалары реформаланғаны, монополия сапластырылғаны, тийкарғы тармақларда мәмлекеттиң қатнасыўы қысқарғаны ҳәм жеке меншик исбилерменлик ушын кең имканиятлар ашылғанын атап өтти.
Бул ҳәрекетлердиң нәтийжесинде өткен жылы Өзбекстанға 35 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициялары тартылды, бул 2017-жылға салыстырғанда он есеге көп. ЖИӨ өсиўи жылына 6 проценттен артып атыр. Экспортшылар Европаға 6 200 ден аслам түрдеги өнимлерди бажысыз экспорт етиў имканиятын беретуғын GSP+ жеңилликлер системасы сыяқлы қураллар жәрдеминде дүнья базарларына жедел интеграцияланып бармақта. 2030-жылға барып Өзбекстан орташа дәраматы жоқары болған мәмлекетке айланып, экспорт көлемин еки есеге - 45 миллиард долларға, жалпы ишки өнимди болса 200 миллиард долларға жеткериўге таярланбақта.
Мәмлекеттиң раўажланыўында аймақлардың потенциалынан пайдаланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Усы көзқарастан, Лазиз Қудратов өзине тән географиялық жайласыўы, жер ресурслары, раўажланып атырған инфраструктура, маман жумысшы күши сыяқлы Жиззақтың инвестициялық тартымлылығына тийкар жаратып атырған бир қатар факторларды келтирип өтти.
Ўәлаятта қурылыс материалларын ислеп шығарыў, тоқымашылық, аўыл хожалығы, туризм жедел раўажланбақта, бул Жиззақты узақ мүддетли инвестициялар ушын тартымлы орынға айландырмақта, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.
"Бүгинги форум тек ғана салтанатлы ушырасыў емес. Бул ҳәрекет платформасы. Мен ҳәр бириңизди усы күннен толық пайдаланыўға шақыраман. Ең әҳмийетлиси, бул ҳақыйқый, узақ мүддетли бирге ислесиўдиң басланыўы болады", -деди ИССМ басшысы.








