Бул жерде маман қәнигелер таярлаў ҳәм оларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша “BYD Uzbekistan Factory” ҳәм “ADM Jizzakh” кәрханалары менен бирге ислесиў жолға қойылған.
Инженерлик мектебинде транспорт тараўына қәнигелескен 4 билимлендириў бағдары бойынша оқыў бағдарламалары жаңаша усылда шөлкемлестирилген. Атап айтқанда, екинши курсты жоқары нәтийжелер менен тамамлаған студентлер “BYD” заводының талаплары тийкарында ислеп шығылған заманагөй оқыў платформаларында еки жыллық дуал тәлим алады. Сондай-ақ, студентлер завод пенен тығыз бирге ислесиўде әмелий шынығыўларды орынлап, жумысқа орналасыў ушын арнаўлы жоллама сертификатын алады.
Қысқа мүддетли таярлаў курсларында автомобиль заводына жумысқа кирип атырған талабанлар, кәрхана хызметкерлери ҳәм жумыссыз жасларға өзлери қәлеген кәсип-өнер үйретиледи. Бул жерде “BYD” автомобиллерин ислеп шығарыў ушын да мини-конвейер шөлкемлестирилген. Өндирис цехында кепсерлеў, бояў, жыйнаў ҳәм сапасын қадағалаў бөлимлери жумыс алып барады.
Электромобиллер ҳәм зарядлаў станцияларының дүзилисин үйрениў, электромобиллерге хызмет көрсетиў, санаат ҳәм программалық инжиниринг, өзине түсер баҳаны есаплаў ҳәм реверс инжинирингге бағдарланған арнаўлы ханалар шөлкемлестирилген.
Жәҳән автомобиль санаатында өзгермейтуғын бир принцип бар: бәсекилеслерди талқыламаған кәрхана раўажлана алмайды.
Жиззақтағы бул инженерлик мектебинде биринши мәрте өнимлерди техникалық-аналитикалық салыстырыў, өзине түсер баҳаны моделлестириў, өндиристи оптималластырыў, процесслерди дүнья стандартлары менен салыстырыў сыяқлы тәжирийбелер үйретилмекте.
Мектеп тек студентлер ушын емес, ал тараўда жумыс ислеў тилегинде болған жаслар ҳәм қәнигелер ушын да ашық. Бул жерде исбилерменлер ушын маманлық арттырыў бағдарламалары, базалық кәсип-өнер курслары ҳәм әмелий модуллер бар. Онда санаат кәрханаларының жетекши қәнигелери, тәжирийбели инженерлери қатнасады.
Мектептиң тийкарғы мақсети - оқыўшыны жумысқа қабыллаўдан алдын оны реал өндирис орталығына алып кириў. Нәтийжеде питкериўшилер базар талапларына толық жуўап беретуғын, тәжирийбели ҳәм бәсекиге шыдамлы кадрлар болып жетиседи.
Мәмлекетимиз басшысы мектептеги оқыў процесин көзден өткерди, мини-конвейерде жумыс ислеп атырған оқыўшылар менен сәўбетлести.
Президентимиз республика ҳәм ўәлаят белсендилери менен де сәўбетлести. Кейинги жыллары Жиззақ санаат, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда жақсы нәтийжелерге ерисип атырғаны атап өтилди. Бирақ ўәлаяттың потенциалынан еле толық пайдаланылмай атыр.
- Жиззаққа жаңа өсиў ноқатларын анықлаў ушын келдик. Ең тийкарғысы - халық, әсиресе, жаслар ушын мүнәсип шараят жаратыў, оларды жоқары дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў, - деди мәмлекетимиз басшысы.












