Усы мониторинг жумыслары шеңберинде Қоңырат районы Кеңесиниң баслығы ҳәм тийисли қәнигелер тәрепинен “Бәркамал әўлад балалар мектеби” аймағында егилген терек нәллериниң жағдайы үйренилди.

Үйрениў процесинде бул аймаққа 2025-жылдың гүзги мәўсиминде жәми 300 түп терек нәли егилгени анықланды. Соннан 100 түп тут, 50 түп қайрағаш, 150 түп мийўели ҳәм басқа түрдеги терек нәллери егилген.

Мониторинг даўамында нәллердиң жағдайы, оларды тәрбиялаў ҳәм суўғарыў жумыслары да көзден өткерилди. Үйрениў нәтийжелерине бола, нәллердиң көпшилиги жақсы жағдайда екени атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.