Жақында Германияның NETSCI компаниясы ўәкили Матиас Алоис ҳәм Ал Фарабий атындағы Қазақстан мәмлекетлик университетиниң халықаралық байланыслар департаменти баслығы Есбол Өмиржановлар республикамызға хызмет сапары менен келип, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болды ҳәм университет ректоры академик А.Реймов пенен ушырасты.

Ушырасыў даўамында тәреплер илимий-изертлеў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм экологиялық жойбарлар бойынша биргеликте ислесиў имканиятларын додалады.

Соны да айтып өтиўимиз керек, NETSCI компаниясының турақлы раўажланыў ҳәм экологиялық шешимлер тараўындағы тәжирийбеси университет ушын үлкен әҳмийетке ийе болып, бул жаңа басламалардың табыслы әмелге асырылыўына тийкар жаратады.

Сапар даўамында келген мийманлар университеттиң заманагөй лабораториялары ҳәм оқыў ханалары менен танысып, студентлердиң билим алыўға деген жоқары потенциалын атап өтти. Бул ушырасыў еки тәреплеме байланысларды беккемлеў ҳәм келешектеги биргеликтеги жойбарларға тийкар жаратыў ушын әҳмийетли қәдем болды.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, NETSCI компаниясы- экологиялық хызметлер көрсетиўге қәнигелескен немис компаниясы болып, турақлылық ҳәм биологиялық көп түрлиликке айрықша итибар қаратады. Атап айтқанда, компания экосистемаларды қорғаў, илимий изертлеўлер алып барыў ҳәм экологиялық машқалалардың турақлы шешимлерин ислеп шығыўға байланыслы ҳәр қыйлы басламалар менен шуғылланады. Компания халықаралық көлемде бирге ислеседи, соның ишинде, Орайлық Азиядағы Қазақстан-Германия экосистемалар ҳәм биологиялық көп түрлиликти қорғаў институты сыяқлы шөлкемлер менен жойбарларды әмелге асырып келмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.