Бундай жоқары тән алыў, хошаметлеўди елимизде белсенди ҳәм талантлы ҳаял-қызлардың өз потенциалын көрсетиўи, жәмийетте мүнәсип орын ийелеўине қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлықтың айқын көриниси деп билемиз.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлери сыпатында усы сыйлыққа миясар болғанымыздан оғада мақтаныш етемиз. Себеби университетимиз бүгинги күнде тек ғана Қарақалпақстан емес, ал пүткил мәмлекетимиз көлеминде илимий потенциалы, заманагөй билимлендириў орталығы ҳәм қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў системасы менен айрықша абырайға ийе.
Университеттеги бул шараят, устазлардың турақлы итибары ҳәм қоллап-қуўатлаўы билим алыўға болған умтылысымызды және де күшейтти. Әсиресе, жаслардың басламаларын хошаметлеў, илимий, дөретиўшилик ҳәм социаллық белсендилигин арттырыўға қаратылған орталық жеке раўажланыўымызда әҳмийетли фактор болмақта.
Бүгинги нәтийжелеримиз тек ғана жеке жетискенлигимиз емес, бәринен бурын университетимиздиң профессор-оқытыўшылары, устазларымыз ҳәм бизди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап киятырған жәмәәттиң мийнетиниң нәтийжеси деп есаплаймыз. Бизге билдирилген исеним, жаратылған имканиятлар ҳәм берилген билимлер усы жоқары сыйлыққа жетеклеген ең әҳмийетли факторлар болды.
Бир университеттен бир ўақыттың өзинде еки студенттиң Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси болыўы биз ушын айрықша мақтаныш. Бул жағдай университетимизде қызлардың билим алыўы, лидерлик қәбилетин раўажландырыўы ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўы ушын жаратылған кең имканиятлардың әмелий нәтийжеси деп билемиз.
Усы күнге шекем университетимизден 10 қәбилетли қыз бул абырайлы сыйлыққа ерискенинен мақтанамыз. Келешекте ийелеген билим ҳәм тәжирийбемизди елимиздиң раўажланыўы, илимниң раўажланыўы және жәмийеттиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўға жумсаймыз.
Бизге исеним билдирген Президентимизге, университет басшылығына, устазларымыз ҳәм ата-аналарымызға шын жүректен миннетдаршылық билдиремиз. Бул тән алыў бизди және де көбирек оқыўға, излениўге ҳәм Ўатанымыздың раўажланыўы жолында хызмет етиўге ийтермелейди.
Дилноза ЕРИМБАТОВА,
Индира САТНИЯЗОВА,
Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық лауреатлары