Бул миссия шеңберинде 36 қувейтлик шыпакер 317 ден аслам наўқасты бийпул көриктен өткерип, 187 қурамалы хирургиялық операцияны орынлады. Медициналық жәрдем кардиология, онкология, гинекология, пластикалық хирургия, офтальмология, ортопедия ҳәм улыўма хирургия сыяқлы 7 бағдар бойынша көрсетилди. Жойбардың улыўма баҳасы 4,2 миллион долларды қурап, соннан 3,9 миллион доллары медициналық хызметлерге, 300 мың доллары болса зәрүр үскене ҳәм қәрежет материалларына қаратылды.
Бундай қайырқомлық бағдарламасының екинши басқышы болып, бириншиси 2025-жыл 29-апрель – 5-май күнлери Нөкис қаласында өткерилген еди. Сонда 420 наўқасқа бийпул медициналық жәрдем көрсетилип, 36 операция орынланған.
Сапар шеңберинде Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Министрлер Кеңесинде бир қатар ушырасыўлар өткерилип, Кегейли, Қанлыкөл ҳәм Төрткүл районларында майыплығы болған балалар ушын амбулатор реабилитация орайларын шөлкемлестириў жойбарлары додаланды.