Бул машқала Президентимиздиң 404-санлы қарары менен өз шешимин тапты ҳәм 4,6 млрд. сум қаржы тийкарында 90 орынлық балалар бақшасы имараты жаңадан бой тикледи. Объект тез арада пайдаланыўға тапсырылыў алдында тур.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Кегейли районы «Жүзим бағ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы турғынлардың балаларын бақша менен қамтып алыўдағы машқаланы шешиў ушын аўыл ушын мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми керек еди.
Бул машқала Президентимиздиң 404-санлы қарары менен өз шешимин тапты ҳәм 4,6 млрд. сум қаржы тийкарында 90 орынлық балалар бақшасы имараты жаңадан бой тикледи. Объект тез арада пайдаланыўға тапсырылыў алдында тур.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен мобиль тәжирийбе арттырыў хызметлери тийкарында шөлкемлестирилген автобус Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайы ушын ажыратылып, бул мобиль тәжирийбе арттырыў хызметлери республикамыздың алыс ҳәм шетки аймақларында жайласқан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрлары ушын өз жумысларын баслап жиберди.
"2025-2026-жылларда балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (83-сан, 12.02.2025-ж.) қабыл етилди.
Президентимиздиң ПҚ-404-санлы қарары тийкарында Тахтакөпир районы орайынан алыс аймақта жайласқан «Дәўқара» аўыл пуқаралар жыйынындағы 8-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде аўыл турғынлары ҳәм тәрбияланыўшы балалар ушын қолайлы шараятлар жаратыў, имаратты заманагөй көриниске алып келиў мақсетинде реконструкция жумыслары алып барылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 21-июнь күнги «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў шөлкемлери хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарында көрсетилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында «Устазлар ассоциациясы» дүзилди.