Өзбекстанда халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў қалай өтеди?

    23 қыркүйек 2025 408

    Президенттиң 19.09.2025-жылдағы "Өзбекстан Республикасында халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўды өткериў ҳаққында"ғы ПП-173-санлы Пәрманы қабыл етилди.

    Санақ өткериўдиң тийкарғы мақсетлери:

    Европа статистика конференциясының 2020-жылғы усыныслары тийкарында мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеў ушын 38 миллион халықтың қурамы ҳәм миграциясы, шаңарақлық жағдайы, жумыс түрлери, дәрамат дәреклери ҳаққындағы бирден-бир мағлыўматлар базасын қәлиплестириў;

    ҳәр жылы аўыл хожалығына бағдарланып атырған 25,6 триллион сум, соның ишинде, 2,2 триллион сум бюджет қаржыларының нәтийжели жумсалыўын тәмийинлеў, 26 миллион гектар жерден пайдаланыў жағдайын үйрениў арқалы тармақтағы хызметлер көлемин анықлаў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, шарўа маллары ҳәм қуслардың санын анықлаў ушын зәрүр мағлыўматлар базасын жаратыў;

    аймақлар кесиминде халық ҳәм аўыл хожалығының өсиў тенденцияларын анық есап-санақ еткен ҳалда, социаллық тараў объектлерин кеңейтиўге ҳәр жылы бағдарланып атырған 25,2 триллион сумнан мәнзилли пайдаланыў;

    халықаралық дәрежеде салыстырмалы мағлыўматларды қәлиплестириў есабынан мәмлекеттиң инвестициялық тартымлылығын ҳәм халықаралық рейтинглердеги орнын арттырыў.

    Халықты дизимге алыўды шөлкемлестириў

    2026-жыл 15-январь жағдайына бола, халықты ҳәм аўыл хожалығын хатлаў 2026-жыл 15-январь - 28-февраль күнлери өткериледи.

    Халықты дизимге алыўды шөлкемлестириў бойынша республикалық комиссияның қурамы ҳәм аймақлық комиссиялардың үлги қурамы тастыйықланды.

    Халықты дизимге алыўға "мәҳәлле жетилиги" хызметкерлери тартылады ҳәм оларға планшетлер бериледи.

    Халықты дизимге алыўға тартылатуғын хызметкерлердиң тийкарғы жумыс орны, лаўазымы ҳәм орташа мийнет ҳақысы сақланып қалады, олар "Өзбекстанда статистика системасының потенциалын беккемлеў" жойбары шеңберинде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының бир ярым есеси муғдарында (салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди есапқа алған ҳалда) бир мәрте хошаметленеди.

    Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер өз хызметкерлерин интернет арқалы census.stat.uz порталында дизимнен өткереди.

    Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги census.stat.uz порталында барлық орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлери, сондай-ақ, мәмлекетлик, мәмлекетлик емес ҳәм сырт ел жоқары оқыў орынлары студентлерин дизимнен өткереди.

    Аўыл хожалығы министрлиги Фермерлер кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, сондай-ақ, районлар (қалалар) ҳәкимликлери менен биргеликте тийкарғы жумысы аўыл хожалығы болмаған, аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыўшы юридикалық тәреп болған фермер ҳәм дийқан хожалықлары, кәрхана ҳәм шөлкемлерди Интернет тармағы арқалы хатлаўдан өткереди.

    Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Қорғаныў министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Миллий гвардия, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Сыртқы ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Дин ислери бойынша комитетине 2025-жыл 1-ноябрьден баслап халықтың айырым категорияларын дизимге алыўды шөлкемлестириў тапсырылды.

    Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 20.09.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».


    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates