- Мийнет кодексиниң 172-статьясына тийкарланып есаплаў хызметкерге алынбаған мийнет ҳақысын төлеўди, хызметкер пайдаланбаған барлық тийкарғы ҳәм қосымша дем алыслар ушын компенсацияларды, сондай-ақ, егер олар мийнет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде яки мийнет ҳаққындағы басқа да ҳуқықый ҳүжжетлерде яки мийнет шәртнамасында нәзерде тутылған болса, басқа да төлемлерди өз ишине алады.
234-статьяда мийнет шәртнамасы бийкар етилгенде хызметкерге пайдаланылмаған барлық жыллық тийкарғы ҳәм қосымша мийнет дем алыслары ушын ақшалай компенсация төлениўи белгиленген.
254-статьяға муўапық мийнет шәртнамасы бийкар етилгенде хызметкерге жумыс бериўшиден тийисли болған барлық суммаларды төлеў хызметкер менен мийнет шәртнамасы бийкар етилген күни әмелге асырылады.
Солай етип, хызметкер жумыстан босатылғанда ис ҳақының төленбеген бөлегин ҳәм пайдаланылмаған дем алыслар ушын компенсация алыў ҳуқықына ийе.