баннер
24 Apr 2025
17:39

    Кем тәмийинленген шаңарақларға электр ҳәм газ төлемлериниң бир бөлеги компенсация етип бериледи

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Жанылғы-энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўде жәрдемге мүтәж халықты мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-134-санлы, 02.04.2025 ж.) қабыл етилди.

    Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-майдан 2027-жыл 1-апрельге шекем "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" мәлимлеме системасы арқалы балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем алыўшы және Кәмбағал шаңарақлар реестрине (Реестрлер) киргизилген, сондай-ақ, Реестрлерге киргизилмеген, бирақ материаллық жағдайы бойынша кем тәмийинленген шаңарақлар нормаларына туўра келетуғын, шаңарақтағы жан басына дәраматы минимал тутыныў қәрежетлериниң 1,5 есесинен артпайтуғын шаңарақларға:

    электр энергиясы тутыныўы бойынша - айына базалық нормадан 150 кВт саатқа шекем;

    тәбийий газден пайдаланыў бойынша - ысытыў мәўсиминде айына базалық нормадан 250 куб метрге шекем, басқа дәўирлерде айына базалық нормадан 150 куб метрге шекем артық пайдаланылған бөлеги ушын базалық норма шеңбериндеги ҳәм базалық нормадан асқан баҳалар арасындағы парқы компенсация етип бериледи.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech