Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Халықты социаллық қорғаў системасын қаржыландырыў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў ҳаққында"ғы пәрманына 2025-жыл 1-апрельден "Жаслар дәптери" қорлары арқалы, 2025-жыл 1-сентябрьден болса "Ҳаял-қызлар дәптери" қорлары арқалы төленетуғын бир мәртелик материаллық жәрдемлер орнына кем тәмийинленген шаңарақлар ушын нәзерде тутылған напақалар төленеди.
2025-жыл 1-майдан "Социаллық дәптерлер" қорлары есабынан емлеў ҳәм хирургиялық әмелият өткериў қәрежетлери Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры арқалы қаржыландырылады.
2025-жыл 1-апрельден Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында мүтәж шаңарақларға берилетуғын бир мәрте берилетуғын материаллық жәрдем орнына усы аймақларда жасайтуғын Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға үйинде артезиан қудық қазыў, суў насосларын орнатыў ҳәм ишимлик суў фильтрлерин сатып алыў қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыў тәртиби енгизиледи.
Онда субсидия қәрежетлердиң 90 проценти, бирақ БЕМниң 30 есесинен көп болмаған муғдарда ажыратылады.
2025-жыл 1-майдан баслап еркинен айырыў орынларынан азат етилген шахсларға БЕМның 6 есеси муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы "Инсан" социаллық хызметлер орайлары арқалы төленеди.
Район (қала) ҳәкимликлери жанында "Инфраструктура ҳәм социаллық турақлылық" қорлары шөлкемлестириледи.