Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Халықты социаллық қорғаў системасын қаржыландырыў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў ҳаққында"ғы пәрманына муўапық, 2025-жыл 1-апрельден Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлар ушын "Социаллық дәптерлер" қорлары арқалы қоллап-қуўатлаўдың төмендеги жаңа инструментлери енгизиледи:
кеминде 3 ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм халықтың басқа да жәрдемге мүтәж категорияларының бәнтлиги және социаллық белсендилигин тәмийинлеўге қаратылған социаллық жойбарларды қаржыландырыў ушын тийислисинше "Ҳаял-қызлар дәптери", "Жаслар дәптери" ҳәм "Сақаўат ҳәм көмек" қорлары есабынан БЕМның 60 есесине шекем грантлар ажыратыў;
"Жаслар дәптери" қоры есабынан:
майыплығы болған жасларға параспорт дөгереклерине қатнасыўы ушын жол ҳақы қәрежетлерин ҳәр айда БЕМның 1 есесине шекемги муғдарда қаплап бериў;
6 ай даўамында турақлы түрде спорт ҳәм көркем өнер дөгереклерине қатнасып атырған жаслар ушын баҳасы БЕМның 10 есесинен артпайтуғын арнаўлы спорт формасы, инвентарь, музыка ҳәм саз әсбапларын сатып алыў;
өрт, суў тасқыны, жер силкиниў ҳәм басқа да техноген ҳәдийселер ақыбетинде зыян көрген шаңарақларға турақ жайларын тиклеў ҳәм оңлаў қәрежетлерин қаплаў ушын "Сақаўат ҳәм көмек" қоры арқалы БЕМның 150 есесине шекемги муғдарда жәрдем көрсетиў.