Атап өтилиўинше, онда қатнасқан Өзбекстан сайланды командасы микст бағдарламасында бронза медалына ийе болды.

Амирхан Садықов ҳәм Зиёдахан Абдусатторова жуплығы дәслеп Молдова, кейин шерек финалда Нидерландия ўәкиллерин жеңди. Бирақ ярым финалда грузиялы спортшылар жерлеслеримизден үстин болды. Бронза медалы ушын беллесиўде болса Германия командасы 5:3 есабында утылды.