Жаңа бағдар Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасындағы саяхатларды қолайластырыў, сондай-ақ, еки мәмлекет арасындағы туристлик, исбилерменлик ҳәм мәдений байланысларды раўажландырыўға хызмет етеди.
Пәрўазлар ҳәптесине еки мәрте - жума ҳәм екшемби күнлери әмелге асырылады.
Жөнелистиң ашылыўы қоңсы мәмлекетлер арасындағы авиақатнаўларды күшейтип, саяхатшылар, исбилерменлер ҳәм студентлер ушын қосымша имканиятлар жаратады. Бул туризм, саўда, билимлендириў ҳәм мәдений басламалардың раўажланыўына да жаңа пәт бағышлайды.